Н. Дәўқаревтың илимий мийраслары | Статья в журнале «Молодой ученый»

Отправьте статью сегодня! Журнал выйдет 21 декабря, печатный экземпляр отправим 25 декабря.

Опубликовать статью в журнале

Автор:

Рубрика: Молодой ученый O'zbekiston

Опубликовано в Молодой учёный №39 (434) сентябрь 2022 г.

Дата публикации: 30.09.2022

Статья просмотрена: 16 раз

Библиографическое описание:

Жуманазарова, Г. Д. Н. Дәўқаревтың илимий мийраслары / Г. Д. Жуманазарова. — Текст : непосредственный // Молодой ученый. — 2022. — № 39 (434). — С. 235-237. — URL: https://moluch.ru/archive/434/95170/ (дата обращения: 13.12.2024).

Шубҳасиз, фолклор ан’аналари миллий ма’навиятимизнинг бир бўлаги бўлиб, комил шахсни тарбиялашга хизмат қилади. Бунинг сабаби шундаки, қорақалпоқларнинг бой оғзаки ижоди ўзининг ранг-баранг жанр ва ан’аналари билан жаҳон халқ оғзаки ижодида муҳим ўрин тутади.

Муаллиф қорақалпоқ халқ оғзаки ижоди намуналарини халқимизга етказиш, уларни тўплаш, ўрганиш ва тадқиқ этишда катта хизмат қилган атоқли олим Нажим Давқораевнинг илмий қарашлари, тушунчалари ва илмий мероси билан яқиндан танишиш муҳимлигини та’кидлайди.

Калит сўзлар: фолклор, адабий танқид, жанр, илмий мерос, конференсия.

Несомненно, фольклорные традиции являются частью нашей национальной духовности и служат воспитанию совершенной личности. Это связано с тем, что богатая устная традиция каракалпаков с ее разнообразными жанрами и традициями занимает важное место в мировом фольклоре.

Автор подчеркивает важность знакомства с научными взглядами, понятиями и научным наследием каракалпакского фольклора и известного ученого Нажима Давкараева, сыгравшего значительную роль в доведении до народа образцов фольклора, их сборе, изучении и исследовании.

Ключевой слова: фольклористика, литературоведение, жанр, научное наследие, конференция.

Қарақалпақ фольклортаныў илиминде халық аўызеки дөретпелерин жыйнаў, үйрениў, жанрлық түрлерин изертлеў ҳәм илимий классификациялаў мәселесине елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин үлкен итибар қаратылмақта. Себеби, әсирлер даўамында фольклортаныўшылар, этногрофлар, турколог илимпазлар дыққат итибарында болған фольклорлық дөретпелер халықтың тарийхын, мәдениятын, үрип-әдетлерин, дәстүрлерин өзинде сақлап киятырған бийбаҳа руўхый байлығы болып есапланады. Өйткени, «....Теңи-тайы жоқ руўхый байлығымыз болған классикалық (мумтоз) өнерди, халық дөретиўшилигиниң бийбаҳа үлгилерин қәстерлеп абайлаў ҳәм раўажландырыў, оны келешек әўладларға сап ҳалында жеткериў дүньядағы жетик пикирдеги илимпазлар ҳәм көркем өнер ўәкиллериниң, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, барлық мәденият ўәкиллериниң ийгиликли ўазыйпасы саналады» [1].

Фольклорлық дөретпелер миллий руўхыйятымыздың бир бөлеги сыпатында кәмил инсан тәрбиясына хызмет қылыўы сөзсиз. Себеби, қарақалпақ халқының бай аўызеки дөретпелери өзиниң түрли жанрлары, дәстүрлери менен дүнья фольклортаныўына салмақлы орын тутады. Дүнья фольклортаныў илиминде алымлардың илимий дөретиўшилигин үйрениў тәжирийбеси биз келешек әўлад ушын тийкар жаратады. Өйткени, фольклордың илим сыпатында қәлиплесиў, раўажланыў тарийхын жаратыўда оның раўажланыў басқышларын ҳәм жетекшилигин анықлаўда өзине тән теориялық бағытын белгилеўде алымлардың илимий дөретиўшилин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Әне, усындай қарақалпақ илиминиң атасы, фольклор үлгилерин топлаў, үйрениў, изертлеў менен бир қатарда оны халыққа жеткериўде салмақлы мийнет еткен атақлы алым Нәжим Дәўқараевтың қарақалпақ фольклортаныўындағы илимий көз-қарасларын, концепцияларын ҳәм улыўма илимий мийрасларын үйрениў бүгинги күнде қарақалпақ фольклортаныў илиминиң алдында турған актуал мәселелердиң бири.

Илимпаздың дөретиўшилигине итибар қаратсақ, қарақалпақ фольклортаныўы ҳәм әдебияттаныўы илиминиң барлық салаларында белсендилик көрсеткениниң гуўасы боламыз. Ол бай халық аўызеки дөретпелерин илимий тийкарда жазып алыў, жыйнаў, баспға таярлаў ҳәм изертлеўди шөлкемлестирген биринши фольклортаныўшы ҳәм классик әдебиятымыз үлгилерин жәҳән әдебияттаныў илими шеңберинде изертлеўши, нәсиятлаўшы илимпаз сыпатында сәўлеленеди.

Атақлы алым Н.Дәўқараевтың илимий мийрасы, өмири ҳәм көркем дөретиўшилигине арналған туңғыш мийнет «Нәжим Дәўқараев (еске түсириўлер) [9] атлы китабы болды ҳәм Нәжим Дәўқараевтың туўылған күни мүнасабети менен илимпазлар тәрепинен жазылған ҳәр дәўирдеги мақалалары оның дөретиўшилик хызмети ҳәм фольклортаныў илимине қосқан үлеслери жарытып берилген. Бунда тийкарынан талантлы жазыўшы, әдиўли устаз, халқына ҳадал хызмет еткен әжайып инсан сыпатында Н.Дәўқараевтың илимий жумыслары қарақалпақ әдебияттаныў, фольклортаныў илиминиң раўажланыўына бүгинги ғәрезсизлик жылларында бизиң миллий идеологиямызды қәлиплестириўде, демократиялық жәмийет дүзиўде бизге жәрдем береди.

Н.Дәўқараевтың ХХ әсирдиң 1920-жылларынан баслап илим сыпатында қәлиплесе баслаған қарақалпақ фольклортаныў тарийхында өз алдына орны бар. Себеби, Қарақалпақ фольклортаныўының илим сыпатында қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында фольклортаныў илиминиң теориялық мәселелерине тийисли бир қанша илимий мийнетлер жазды. Ол бириншилерден болып қарақалпақ фольклорының тарийхын, аўызеки дөретпелери, оның атқарыўшылары, халық арасына таралыў жоллары бойынша териң изертлеў жумыслары дөретти. Булар қарақалпақ дәстанларын атқарыўшы жыраў-бақсылардың мектебин, олардың репертуарлары, қыссахан, қәтип, қосықшы, шайыр, ертекши сыяқлы фольклордың атқарыўшылары жөнинде бириншилерден берген мағлыўматлары болып есапланады [6].

2005-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Н.Дәўқараев атындағы тил ҳәм әдебият институтында (ҳәзирги Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты) Нәжим Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған конференция болып өтеди [2]. Бунда акдемик С.Камалов өзиниң «Қарақалпақ илиминиң сағасын ашқан алым» атлы мақаласында Н.Дәўқараевтың илимий-шөлкемлестириўшилик жумысларына кеңнен тоқтап өтип, уллы алымның исмин мәңгилестириў бойынша усынысларын билдиреди [8, 5–9 бб]. Сондай ақ, ф.и.д., профессор С.Баҳадырованың Н.Дәўқаревтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызметлери [5, 91–99 бб] ҳәм Н.Дәўқараев туўралы жаңадан табылған мағлыўматлар, алымның мийнетлериниң жыйналыўы ҳәм баспадан шығарылыўы ҳаққында мағлыўматлар ф. и.д., Қ.Байниязов ҳәм илимий хызметкер Т.Байниязовалардың мақаласында сөз етилген [4, 84–89 бб]. Буннан басқа Н.Дәўқараев ҳаққында жаңа мағлыўматларды Ш.Бабашов: «Нәжим Дәўқараев 1905-жылы Қоңырат районында қурғын қарақалпақ шаңарағында дүньяға келген. Әкеси Саатдин пахта тазалаў заводының ийеси болған. Анасы Улхан атақлы Қүлен болыстың қызы болған. Жаңа Совет ҳәкимиятының дәслепки жылларынан баслап ири завод, кәрхана, жер ийелериниң мал-мүлклерин конфискациялаў менен оларға қарсы урыс жәриялады. Олардың қатарында Дәўқараевлар шаңарағы да бар еди» -деп келтиреди [3].

Қ.Камалов өзиниң еске түсириўлериниң биринде: «1951-жылы Н.Дәўқараев пенен Гөне Үргениш қаласында Түркменстанның экономикалық раўажланыў мәселесине арналған академиялардың бирлескен сессиясына қатнасқанымызда үлкен шәҳәрлерден келген илимпазлардың Дәўқараев пенен айрықша иззет-ҳүрметли сәлемлескенлерин, пикирлескенлерин көрип, оның халық аралық масштабтағы абыройы бәлент екенлигине ишимнен жүдә сүйсингеним ядымда. Кейин ала өзим де үлкен әнжуманларға бирге қатнасып, басқа халықлардың илимий жәмәәти Н.Дәўқараевты жоқары баҳалайтуғынын сездим. Ол Е. С. Малов, С. П. Толстов, Е. Э. Бертельс, П. П. Иванов, Н. А. Баскаков, Т. А. Жданко, И.Султан, Ғ.Ғулам, Я. Г. Гулямов, М.Әўезов сыяқлы көрнекли алымлар менен дослық қатнаста болды» [7]-дейди. Және де: «ҳәр бир халық өзиниң уллы тулғалары, билимли адамлары менен дүньяға танылады. Усындай әдиўли инсанлардың бири елимизди дүньяға танытқан, Қарақалпақстан илимин раўажландырыўдың жолын излеген, Өзбекстанда биринши илим докторы Н.Дәўқараев болды» [7]-деп атап көрсетти ҳәм уллы алымның исмин мәңгилестириў бойынша өз усынысларын береди.

Жуўмақластырып айтқанда, жазыўшы, белгили жәмийетлик искер, көрнекли алым Қарақалпақстандағы биринши филология илимлериниң докторы Нәжим Дәўқараевтың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, қарақалпақ фольклоры ҳәм әдебиятының раўажланыўындағы әҳмийети, жаслар тәрбиясындағы орнын талқылаў, атын мәңгилестириў биз келешек әўладтың алдында турған үлкен ўазыйпа болып есапланады.

Әдебият:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтың Сурхандәрья ўәлаятында, халық-аралық бақсышылық өнери фестивалы ашылыўына арналған салтанатлы кешедеги сөйлеген сөзи // Халқ сўзи газетасы. — Ташкент, 2019, 7-апрель. № 68(7298) сан.
  2. Қарақалпақ илиминиң туңғыш жулдызы: Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. — Нөкис, 2005. — Б. 116.
  3. Бабашев Ш. Қарақалпақстанлы зыялылар үстинен сиясий процесс. — Нөкис: Қарақалпақстан, 2002.
  4. Байниязов Қ., Байниязова Т. Нәжим Дәўқарев ҳаққында жаңа мағлыўматлар // Қарақалпақ илиминиң туңғыш жулдызы: Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. — Нөкис, 2005. — Б. 84–89.
  5. Баҳадырова С. Н.Дәўқараев — қарақалпақ фольклор изертлеў илиминиң атасы // Қарақалпақ илиминиң туңғыш жулдызы: Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. — Нөкис, 2005. — Б. 91–99.
  6. Дәўқараев Н. Шығармаларының толық жыйнағы. 2-т. 1-бөлим, Аўызеки халық творчествосы. — Нөкис: Қарақалпақстан, 1977. — Б. 354.
  7. Камалов Қ. Илимли елге нур жаўар. — Нөкис: Илим, 2010.
  8. Камалов С. Қарақалпақ илиминиң сағасын ашқан алым // Қарақалпақ илиминиң туңғыш жулдызы: Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған Республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. — Нөкис, 2005. — Б. 5–9.
  9. Нәжим Дәўқараев (Еске түсириўлер). — Нөкис: Қарақалпақстан, 1990. — Б. 84.
Основные термины (генерируются автоматически): конференция, научное наследие.

Ключевые слова

жанр, фолклор, адабий танқид, илмий мерос, конференсия

Похожие статьи

Юқори малакали кадрлар тайёрлашда билимлар концепциясини ривожлантириш

Ҳозирги даврда ахборот жамиятида билимлар ҳар қандай давлатни бошқариш ва ривожлантиришнинг асосий омили бўлмоқда. Шунга кўра тақдим этилаётган мақолада муаллиф томонидан билимлар иқтисодиёти ва уларни бошқариш, инсон капитали, интеллектуал капитал, ...

Ўзбек халқ мақолларини француз тилига таржима қилишнинг миллий хусусиятлари

Мазкур мақолада ўзбек халқ мақолларини француз тилига таржима қилиш усуллари борасида фикр юритилган. Ўзбек халқ мақолларини француз тилига таржима қилишда асосан, улардаги асосий мазмун ва моҳият ўз софлигини йўқотмаслиги лозимлигига алоҳида аҳамият...

Оролбўйи аҳолисини ичимлик суви билан таъминлаш холатини эколого-гигиеник баҳолаш

Туман аҳоли ўртасида ўткир ичак касалликлари ҳамма кузатув йилларида юқори кўрсаткичларда аниқланди. Сальмоналез ва дизентерия касалликлар 2017 ва 2018 йилларда туманда аниқланмади, аммо респуликада қайд этилди. Аҳолига берилаётган хўжалик ичимлик су...

Сузиш бассейнлари сувининг ифлосланиш муаммоларининг замонавий холати

Чўмилиш бассейнларини лойиҳалаштириш, жиҳозлаш ва ишлатилиши бўйича санитария қоидалари ва меъёрлари СанҚваМ № 0306–12 ҳужжат мавжуд бўлиб, сузувчи ва аҳоли ўртасида турли касалликларни тарқалишини олдини олиш бўйича ушбу меъёрий хужжатдан фойдаланил...

Дин психологиясининг юзага келиши ва ривожланиш тарихи

Қуйидаги мақолада дин психологиясини фан сифатида шакилланиш тарихи қисқача ёритилган бўлиб, унда асосий урғу АҚШ дин психологияси мактабларига қаратилган. Шунингдек, дин псиологиясини фан сифатида ривожланиб бориш босқичларидаги предметнинг аҳамияти...

Буғдойнинг иссиқликка чидамлилик хусусиятлари ўрганиш ва комплекс қимматли хўжалик белгиларига бардошли навлар яратиш

Юмшоқ буғдойнинг дон тўлиш даврида ҳаво ҳароратининг кескин кўтарилиб кетиши дон маҳсулдорлигининг пасайиб кетишига олиб келмоқда. Илмий тадқиқотда турли тупроқ иқлим шароитида яратилаган тизмалар ўрганилаган. Ушбу мақолада ташқи мухит омилларига чид...

Замонавий таълимда физика-технологияни ўқитиш усуллари

Ушбу мақолада мактаб ўқувчиларининг физика фанидан замонавий таълим олишлари учун ва шу орқали олган билимларини ҳайотдга тадқик кила олиш масаласи кўрсатилган. Ўқувчиларнинг назарий ва амалий муўомуоларини ечиш учун оддий усуллар кўрсатилган. Шунинг...

Суғориладиган майдонлар учун юмшоқ буғдойнинг F5 авлод дурагайлари селекцияси

Республикамизнинг суғориладиган майдонлари учун маҳсулдор юмшоқ буғдой навларини яратиш ва ишлаб чиқаришга жорий этишда бошланғич материалларни танлаш асосий омил ҳисобланади. Бунда дурагайлаш усуллари ёрдамида яратилган тизмаларни ўсув даври ва маҳс...

Нутқ таълимоти, унинг аҳамияти ва вазифалари

Мазкур мақолада нутқ таълимоти, унинг аҳамияти ва вазифалари ҳақида, нотиққа хос ижобий хусусиятлар, нотиқ нутқининг яхши, гўзал бўлиши, нотиқлик санъатини ўрганишда ортология таълимоти, ифодали ўқишда сўз тузулиши қоидалари, граматика, фонетика, сти...

Француз ва ўзбек тилларида эгалик категорияси ифодаланишининг ўзига хос хусусиятлари

Глобализация ва интеграциялашув натижасида турли тилларни қиёсий-чоғиштирма ўрганиш долзарб ҳисобланмоқда. Грамматика кўп ҳолларда кузатувдан четда қолаётган бўлса-да, тилларни ўқитиш ва ўрганишда муҳим аҳамиятга эга. Айниқса, турли тизимли тилларнин...

Задать вопрос