Бердақ шыӻармаларыныӊ жыйналыўы, басып шығарылыўы ҳәм изертлениўиниӊ айырым мәселелери (XX әсирдиң басынан 1960–80 жылларына шекем ҳәм ғәрезсизлик дәўири) | Статья в журнале «Молодой ученый»

Отправьте статью сегодня! Журнал выйдет 28 декабря, печатный экземпляр отправим 1 января.

Опубликовать статью в журнале

Автор:

Рубрика: Молодой ученый O'zbekiston

Опубликовано в Молодой учёный №37 (432) сентябрь 2022 г.

Дата публикации: 16.09.2022

Статья просмотрена: 116 раз

Библиографическое описание:

Пирназарова, Д. А. Бердақ шыӻармаларыныӊ жыйналыўы, басып шығарылыўы ҳәм изертлениўиниӊ айырым мәселелери (XX әсирдиң басынан 1960–80 жылларына шекем ҳәм ғәрезсизлик дәўири) / Д. А. Пирназарова. — Текст : непосредственный // Молодой ученый. — 2022. — № 37 (432). — С. 200-203. — URL: https://moluch.ru/archive/432/94916/ (дата обращения: 19.12.2024).



Мақалада Бердақ шайыр дөретиўшилигиниң изертлениўи тийкарында пайда болған ири мийнетлер ҳәм мақалалар ҳаққында сөз болады.

Таяныш сөзлер: шығарма, мийнет,қосық, дәстан, дөретпе, мийрас, сөз, шайыр.

В статье идёт речь об основных трудах и поэмах поэта Бердаха, появившихся при изучении его произведениях.

Ключевые слова: произведение, труд, стихотворение, эпос, наследие, слова, поэт.

Бердақ — ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебияты тарийхында өзиниң шығармалары менен халықтың шын сүйиўшилигине мияссар болған уллы шайыр. Оның дөретпелеринен ҳәзирги күнге шекем жыйналған әдебий мийраслары жигирма мың қосық қатарынан ибарат. Шайырдың өмири ҳәм әдебий хызмети ҳәр тәреплеме изертленип, жүзден аслам ири мийнетлер менен мақалалар жазылған. Сөйтседе, шайыр ҳаққында сонша мийнетлердиң болыўына қарамастан, еле изертлеўди талап ететуғын мәселелер жүдә көп.

Бердақтың әдебий мийраслары халық арасынан жыйналды. 30-жыллары әдебиятқа қызығыўшы Ш.Хожаниязов ҳәм басқалар шайырдың жайлаған жерлеринен Бердақты көрген оның сөзлерин жақсы билетуғын адамлардың, қәбир ҳәм мешитлерге көмип таслаған ески шайырдың қосықларын, дәстанларын жазып алған. Бердақтың әдебий мийрасларын жыйнаўда белгили қарақалпақ шайырлары А.Мусаев, А.Дабылов, Қ.Айымбетов айтарлықтай үлес қосты. Бердақтың қосықлар топламы айырым китап болып ҳәзирге дейин үш мәртебе (1941, 1950, 1956 жыллар) басылып шықты.

Бул топламлардағы шығармаларды китапхана фондындағы қолжазбасы менен салыстырып қарағанымызда, Бердақтың тилине, стилине сәйкес келмейтуғын косық қатарлары гейпара түсиниксиз сөзлер ушырасады, қолжазба текстиндеги түсиникли сөзлер баспаларында басқаша берилген көп ғана айырмашылықларды көриўге болады. 1950 жылғы «Таңлаўлы шығармалары толық жыйнағы» көп шатасықларға, толып атырған текстологиялық қәтеликлерге ийе. Бул топламдағы «Шаҳарбай», «Азберген», «Балларым», «Дилбарым» қосықлары ҳәм «Еркебай» поэмасы идеясы ҳәм көркемлилиги жағынан төмен шығарма. Бундай ўарсақылы сөзлердиң жыйынтығынан қурылған шығарманы уллы Бердақ шайыр дөреткен дегенге ҳеш бир оқыўшы исенбейди, және де шайырдың қолжазбасы менен баспа арасындағы бир-бири менен сәйкес келмейтуғын тәреплерин мысаллар менен дәлийлеп,бундай алжасықларға топламды таярлағанлар деп қарамаўымыз керек қайта оннан бүгинги күнниң оқыўшылары миннетдар, буған тийкарғы себеп шайырдың өзи тәрепинен жазылып қалған қолжазбалардың болмаўынан, дәўир жағдайынан деп қараған мақул болады деп келтиреди Артық Каримов өзиниң «Бердақ шығармаларының текстологиясы ҳаққындағы мәселеге» деген мақаласында (Әмиўдәрья журналы. № 7 1977ж Б.112.115). Бул пикирлерди оқып отырып Бердақ шығармаларының текстологиялық мәселелерине көбирек дыққатты қаратыў, еледе оны тереңирек үйрениў, шайырдың дөретиўшилиги бойынша илимий жумысларда оның көз-қарасы менен идеясы, шығармаларының көркемлилик қәсийетлерин, шеберлигин итибарлылық пенен ашып бериў — әдебиятшы алымлардың алдындағы баслы ўазыйпа деп ойлаймыз (А.У.)

Бахтияр Қуранбаев «Бердақ ҳәм өзбек әдебияты байланысының гейпара мәселелери» (Әмиўдәрья журналы.№ 9 1977ж. Б.111.119) атлы мақаласында Бердақ шығармаларының қәлиплесиўинде өзбек классик әдебиятының орны бар екенлигин, онда Наўайы дәстүрлериниң терең тамыр урғанлығы,оннан барлық демократ шайырлардың даўсыз дөретиўшилик булағынан суў ишип илҳамланғанлығын, Бердақтың оғада бай әдебий мийрасында Наўайы шығармаларының тәсири, оның поэзиясына тән белгилерди өз қәлеминде қалай раўажландырғанлығы ҳаққындағы мәселелер салыстырмалы түрде үйрениледи. Бул пикирлерге толық қосылыўға болады, себеби Бердақ өзиниң «Излер едим» деген қосығында Наўайыны өзине устаз тутқанлығы ҳаккында қатарлар орын алған жәнеде оның лирикасы жәмийетлик сиясий рухтағы мотивлер есабынан да ХIХ әсирдиң екинши ярымында жасаған Камил Хорезмий мырза, Мухимий, Фурқат шығармалары менен үнлесип келеди (А.У.) Кәримбай Худайбергенов «Бердақ — қарақалпақ халқының уллы ойшылы» ( миўдарья журналы № 11 1997 Б.95.104) атамасындағы көлемли мақаласында Бердақ қарақалпақ халқы тарийхының азатлық гүресиниң ўақыяларына бай қыйын дәўирлериниң биринде туўылып өскенлиги, шайырдың ойшыл сыпатында халықтың арын арлап, өзиниң әдебий ҳәм жәмийетлик хызмети менен оның ең жақсы дәстүрлерин беккемледи ҳәм раўажландырды, оның шығармаларының қаҳарманлары өзине, өз күшине исеним менен қуралланғанын айта отырып, «Пана бер» деген қосығында пүткил өмирин қудайға бағышлаған, қарапайым панасыз жарлы адамлардың аўыр азап жәбир- жапаларын, жоқшылық зардабынан тарығыўын баянлайды деген пикирлерин билдиреди. Бул пикирге толық қосылыўға болмайды, себеби бул қосықта тек кәмбағал жарлылардың аш-әпталық аўҳалы, басқарыўшы ел бийлеўшилердиң мәккар жәдигөйлиги ҳаққындағы мәселелерден ибарат. Философ шайырдың шығармаларында қудайдың бар екенлигине, қуран ҳәм оның қүдрети, кәраматы ҳаққындағы пикирлердиң орын алғанлығы бәршемизге мәлим. Көлемли «Шежире» шығармасының өзи саҳабалар атлары менен басланады. Мәселен: Рәсуллаҳ пирақ минип, Каба кусейин барған екен, Қуда менен разы айтысып, Хақ дийдарын көрген екен (А.У.). Өсербай Алеўовтың «Бердақ ҳаққында жаңа изертлеў» (Әмиўдәрья журналы № 2 1978 Б.102.104) атамасындағы мақаласында Бердақ дөретиўшилигин изертлеўши илимпаз Б. Курбанбаевтың өзбек тилиндеги шыққан «Бердақ ижоди» атлы китабы мәселесине арналған. Мийнетте Бердақ дөретиўшилиги бойынша өзбек китапханаларына ықшам, конкрет айтылған оғада жақсы мағлыўматлар бар екенлиги, китаптың қунлылығының жоқарылығын ҳәмде бабамыздың 150 жыллық торқалы тойына үлкен саўға болғанлығын айтып өтеди.

60–80-жылларда Бердақтаныў илимин изертлеў дәрежеси усылайынша ҳәр тәреплеме гүллеп раўажланғанлығы менен, бул мәселелерди шешиўде ҳәм буннан былай даўам еттириўде әдебиятшы алымлар шешиўши ҳаўаз ҳалатын беккем услап, жолбасшы, белсенди туўдарлық хызметин мәрдана алып барды. Бул мәселеде И.Сағитов, Н.Жапақов, Ә.Пахратдинов усаған әдебиятшы алымлардың хызметин айрықша атап өтиўге туўра келеди. Атап айтсақ, сол жыллардағы Өзбекстан Илимлер академиясының хабаршы ағзасы И.Сағитов өзиниң Бердақ дөретиўшилиги бойынша көп жыллық изертлеўлерин жуўмақластырып, бурынғы «Бердақ творчествосы» атлы кандидатлық диссертациясына байланыслы шыққан монографиясын қайта ислеп, толықтырып, «Саҳра бүлбили» деген атама менен «Қарақалпақстан» баспасынан қайта бастырып шығарды (1974). Автор бул мийнетиниң «Бердақтың поэмалары» атлы бөлиминде «Шежире» дәстанын шайырдың басқа поэмаларына қарағанда да биринши орынға қойып дыққат аўдарып, оның Бердақ қәлемине тийисли екенлигин кесип айтып, ҳәттеки И. А. Беляев бастырып шығарған «Шыңғысхан ҳаққындағы аңыз»ды да «Легенданың мазмуны Бердақтың «Шежире»синдеги баянлаўға уқсас келеди» [8, 206] деп, бул аңыздың Бердақтың «Шежире»синен үзинди екенлигин үзил-кесил тастыйықлайды.

Биз де И.Сағитовтың бул пикирлерине толық қосыламыз. Себеби, И. А. Беляев жазып алған аңыздың мазмуны Бердақ «Шежире»синде қолланған Шыңғыс ханның туўылыўы, ержетиўи, хан болыўы ҳаққындағы аңыз мазмуны менен толық сәйкес келеди [1]. И. А. Беляев Бердақ «Шежире»синдеги бул мазмунды қара сөз түринде баян етеди. Оның үстине, И. А. Белявтың аңыз соңында қаңлы, қыят руўлары ҳаққында келтирген түсиндирмелери де Бердақ «Шежире»синдеги усы руўлардың өз атамаларына қалайынша ийе болғанлығы ҳаққындағы мазмунға бираз жақынласады [1]. Соған қарағанда, И. А. Беляев Бердақ «Шежире»син қосық формасында толық жаздырып алмағанлықтан Шыңғыс хан өмирине тийисли усы эпизодларды прозалық формаға түсирип жазып алған болса керек.

60–80-жылларда «Шежире»ни халық арасынан жазып алыў, бастырып шығарыў ҳәм изертлеў мәселелерине белгили әдебият изертлеўшиси Н.Жапақовтың да салмақлы үлес қосқанлығын көремиз [4, 139–141]. Илимпаз өзиниң «Шежире»таныўдағы дәслепки қәдемин усы дөретпениң жаңа нусқасын таўып, оны илимий айланысқа түсириўден баслайды [5; 3]. Бул нусқа өткен әсирдиң 70-жылларында (1971-жылы декабрьде) Кегейли районының Куйбышев атындағы совхозының Киров бөлиминде жасаўшы 66 жасар, ескише саўаты бар Турдымәмбет Арзымбетов дегеннен қәтиблер көширген қол жазба ҳалында алынады. Автордың көрсетиўинше, анығырағы, қолжазбаның сыртындағы (муҳабасындағы) жазыўларға қарағанда, бул қолжазбаны («Шежире»ни) 1921-жылы Ныязымбет Қәлпе деген киси түпнусқадан көширип алған [3, 177–178]. Илимпаз қол жазба нусқа ҳаққында усындай мағлыўматлар бериў менен бирге оның («Шежире»ниң) усы ўақытқа дейин Бердақ топламларында жәрияланған нусқалардан да көлеми толығырақ (ең толығы) екенлигин айтып, «бул қол жазба түп нусқаның өзи болмаса да, соған барабар» деген жуўмаққа келеди [3, 178].

Н.Жапақов, Ҳ.Хамидовлардың бул пикирлерин И.Сағитов та қуўатлайды: «Шежире»ниң усы қол жазбасын (Н.Жапақов, Ҳ.Хамидовлар таўып келген қолжазбаны — А.У.) бурынғы басылып жүрген вариантлары менен салыстырып көргенимизде, усы жаңадан табылған қолжазба бурынғыларына қарағанда анағурлым толығырақ болып шықты. Сонлықтан Бердақтың буннан былайғы басылып шығатуғын топламларына «Шежире»ниң усы қол жазбасын киргизген мақул болады» [8, 207].

Биз де бул қол жазба нусқаның жазба әдебий тилге бир қанша жақын келетуғын толық нусқа екенлигине қосыламыз.

ХХ әсирдиң 80-жылларында «Шежире»таныў илимине айрықша үлес қосқан илимпаз Ә.Пахратдинов болды.

Ә.Пахратдиновтың «Шежире»таныўдағы ең баслы хызмети — бул дөретпениң ең дәслепки жазып алынған ҳәм баспа көрген ўақтын дәстиярлы дәлиллеп бергенлигинде көринеди [7, 14].

60–80-жылларда И.Сағитов, Н.Жапақов, Ә.Пахратдиновлар салмақлы үлес қосты. Усы жылларда Бердақтаныў, анығырақ айтқанда, «Шежире»таныў илимине айырым жас илимпазлар да араласа баслады [12, 85–86].

60–80-жыллардағы Бердақ таныўдың, соның ишинде «Шежире»таныўдың раўажланыў жағдайы ҳаққында гәп еткенде, усы жылларда өткерилген Бердақтың 150, 160 жыллық юбилейлери ҳәм солар тийкарында Бердақ дөретиўшилигин нәсиятлаў бойынша исленген илажлар ҳаққында да айтпай кетиў мүмкин емес. Илимий жәмийетшиликке мәлим болғанындай, бул юбилейлердиң әсиресе Бердақтың «Шежире» дәстанын халыққа жеткериўдеги хызмети айрықша болды. Себеби, 50-жыллардағы әдебияттаныў илиминдеги Бердақ дөретиўшилигине ҳәм оның Н.Дәўқараев усаған ҳақыйқый жанкүйер изертлеўшилерине қарсы қаратылған наўқанның қорқынышлы көлеңкеси 60-жыллардың ақыры 70-жыллардың басларына шекем ҳүким сүрип келип, айырым илимпазларымызды Бердақ дөретиўшилигине дурыс баҳа бериўде бираз ҳүрейлендирип келди. Соның салдарынан 50-жылларда айырым илимпазлар Бердақтың «Хорезм» сыяқлы дәстанларын Бердақ дөретиўшилигинен, Бердақ авторлығынан биротала алып таслаўға урынды [11]. Олардың гейпаралары өз мийнетлеринде Бердақтың бундай «реакцион» характердеги шығармаларға ҳеш қатнасы жоқ екенлигин дәлиллемекши болып: «Бердақ шайыр рус халқының прогрессивлик ролин түсинбеди. Россияның Орта Азияны ҳәм Хорезмди алыўын елге келген апат деп түсиндирди» [9, 275] дегендей тийкарсыз пикирлер менен Бердаққа наәдил сын билдирсе, гейпаралары Бердақты бундай «ғәреметтен» (русларға тил тийгизиўден) биротала ақлағысы келип: «Хорезм» шығармасына Бердақ шайырдың ҳеш қандай қатнасы жоқ» [6] деп үзил-кесил орынсыз пикирлер билдиреди. 50–70-жыллардағы «Хорезм» дәстанына болған бул үзиликсиз топылыстың тәсири Бердақтың «Шежире» дәстанының жыйналыў, басып шығарылыў ҳәм изертлениў мәселелерине де кери тәсирин тийгизди. Айырым илимпазлар бул жылларда «Шежире» дәстанының да Бердақ қәлемине тийисли екенлигине еки ойлы болып гүманланыңқырап қарады. Соның салдарынан «Шежире» 50-жыллардың екнши ярымынан 70-жыллардың орталарына шекем Бердақтың баспа көрген топламларына енгизилмей келди. Мәселен, «Шежире» Бердақтың 1956-жылы басылып шыққан «Таңламалы шығармалары» топламына (баспаға таярлағанлар М.Нурмухамедов, И.Сағитов, Г.Есемуратов) «Хорезм» дәстаны менен бирликте киритилмей қалды.

Бердақ дөретиўшилигин изертлеўде болған усындай көз-қараслар «Шежире» дөретпесин үйрениўди де 10–15 жылдай ўақытқа артқа созды. Ең соңғы мәрте 1950-жылы жарық көрген «Шежире» арадан 27 жыл өткеннен кейин, онда да Бердақтың 150 жыллық юбилейи бәнеси менен және Бердақ топламында қайта көринис таба баслады [13, 147–185]. Арадан 10 жыл өткеннен кейин Бердақ «Шежире»си оның 160 жыллық юбилей сәнесине байланыслы және қайттан басылды [14, 273–307]. Бул ретки басылымға илимде ең толық нусқа, деп тән алынған 1971-жылы Н.Жапақов, Ҳ.Ҳамидовлар таўған қолжазба нусқа тийкар етип алынған. Улыўма, Бердақ «Шежире»си өзи дөреген дәўирлерден баслап Ғәрезсизликке шекем 5 рет баспа көрди.

70–80–жыллардағы Бердақ «Шежире»син жыйнап, басып шығарыўдағы бул илгерилеўшилик усы жыллардағы оны изертлеў мәселесинде де жүз бере баслады. Атап айтсақ, М.Тилеўмуратовтың «Қарақалпақстан тарийхын үйрениў ушын Бердақ шығармаларының әҳмийети» (1968), Н.Жапақов, Ҳ.Хамидовлардың «Бердақ шығармаларының қолжазбасы» (1972), Ҳ.Хамидовтың «Бердақтың «Шежире» шығармасының нусқасы» (1977), Қ.Мақсетовтың «Бердақ «Шежире»синиң халықлығы» (1977), С.Баҳадырованың «Бердақтың «Шежире»синде тарийхый ҳақыйқатлық» (1979), «Бердақтың «Шежире» поэмасының туўысқан халықлар «Шежире»си менен байланысы» (1987), А.Төреевтиң «Бердақтың «Шежире»си бойынша гейпара ойлар» (1987), Ж.Хошниязовтың «Бердақ «Шежире»синдеги бир сюжет туўралы» (1987), М.Тилеўмуратовтың «Бердақ-тарийхшы» (1985), Ҳ.Хамидовтың «О сюжетной структуре и истоках сочинения Бердаха «Шежире» родословная каракалпаков (1984) атамасындағы мақалалары усы жыллардағы илимдеги «Шежире»ге болған үлкен қызығыўшылықты көрсетип турады.

Ә.Пахратдиновтың «Бердақ шайыр творчествосының жыйналыў, басып шығарылыў ҳәм изертлениў тарийхынан» (Н., 1990) деп аталатуғын арнаўлы монографиясында дурыс атап өтилгениндей, XX әсирдиң 20-жылларынан басланатуғын «жаң дәўир әдебиятына» (буны биз бурын «Советлик дәўир әдебияты» дейтуғын едик-А.У.) дейинги XVIII-XIX әсир қарақалпақ әдебиятындағы классик шайырлардың ишинде Бердақ дөретиўшилигинен көп жыйналған, көп басып шығарылған, көп изертленген дөретиўшилик жоқ. Әсиресе, Бердақ дөретиўшилигинде изертлениў тараўында 30-жыллардың ақырындағы Қ.Айымбетов, О.Кожуров, М.Дәрибаевлардың дәслепки мақалаларынан, 1943-жылдағы И. Т. Сағыйтовтың, С.Бассиниң, 1950-жыллардағы Н.Дәўқараевтың Бердақ дөретиўшилиги бойынша жазылған арнаўлы брошюраларынан тартып бүгинги күнге дейин бир қатар илим изертлеў жумыслары исленди, кандидатлық, докторлық диссертациялар жақланды. Булардың ири-баслылары сыпатында И. Т. Сағыйтовтың «Бердақтың творчествосы» (Н.,1958), «Саҳра бүлбили» (Н.,1974), Б.Қурбанбаевтың «Бердақ ижоди» (Т.,1977), А.Муртазаевтың «Бердақтың «Ақмақ патша» поэмасы» (Н.,1979), Ж.Орынбаев, О.Әлеўовтың «Бердақтың жәмийетлик-педагогикалық көз-қараслары» (Н.,1978), М.Тилеўмуратовтың «Бердақ шығармаларында тарийхый дереклер» (Н.,1968), К.Худайбергеновтың «Бердақтын көз-қараслары» (Н.,1987), Ә.Пахратдиновтың «Бердақтың дәстанлық шығармалары» (Н.,1987) деп аталатуғын илим изертлеў жумысларын, монографияларды атап өтсек болады.

Әлбетте, бул мийнетлерде Бердақтың «Шежире» дөретпеси ҳаққында да анаў яки мынаў дәрежеде илимий пикирлер билдирилди. Улыўма, Ғәрезсизликке дейин Бердақ «Шежире»синиң жыйналыў, басып шығарылыў ҳам изертлениў мәселесин еки басқышқа бөлип үйрениўге болады:

Дәслепки басқышты 1903–1960-жыллар аралығы дейтуғын болсақ, екинши басқышты 1961–1990 жыллар деп көрсетиўге болады.

Биринши басқышта Бердақ «Шежире»си 3 рет баспа көргени менен, системалы изертлеў объекти болалмады. Бердақ «Шежире»сине массалық қызығыўшылық тек екинши басқышта ғана жүз берди. Деген менен, бул дәўирде дөреген айырым мийнетлер де Бердақ «Шежире»си бойынша арнаўлы изертлеў емес еди.

Ғәрезсизлик дәўири Бердақ «Шежире»син системалы түрде арнаўлы изертлеўге кең мүмкиншилик ашып берди.

Жуўмақластырып айтқанымызда Бердақ бабамыздыӊ дөретиўшилиги, оныӊ қәлеминен дөреген ҳәр бир дөретпеси қайсы дәўирде болмасын өзиӊ қунлылығын жойтпайды ҳәм де изертлеўлер, излениўлер даўам ете бериўи сөзсиз.

Әдебиет:

  1. Беляев И. А. Из преданий о Чингизхане /Протоколы засед и сообщ. Закаспийского кружка любителей археолог. и истор. Востока, Часть III. — Ашхабад, 1917, вып 4. (Бул басылымның көширмеси ҳәзир ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими китапханасында сақланады. Қараңыз: Отдел редкий-34, инв.120905).
  2. Жапақов Н. Бердақ «Шежире»синиң жаңа нусқасы // Совет Қарақалпақстаны, 1972, № 50/
  3. Жапақов Н. Бердақтың «Шежире»синиң жаңа нусқасы // Әдебиятымыз ҳаққында ойлар. — Нөкис: Қарақалпакстан, 1974.
  4. Жапақов Н. Шығармалары, II том. Биринши китап. (Илимий мийнетлери). — Нөкис: Қарақалпақстан, 1979. — Б. 139–141.
  5. Жапақов Н., Хамидов Ҳ. Бердақ шығармаларының қол жазбасы // Әмиўдәрья, 1972/ № 8. — Б. 54–58/
  6. Нурмухамедов М. «Еще раз о непричастности Бердаха к написанию поэмы «Хорезма» // Хабаршы» КК филиала АН УзССР, 1975/ № 2.
  7. Пахратдинов Ә. Қарақалпақ шежиреси. — Нөкис: НМУ баспасы, 1984. — Б. 14.
  8. Сағитов И. Саҳра бүлбили (Қарақалпақ халқының уллы демократ шайыры Бердақтың өмири ҳәм творчествосы ҳаққында монография). — Нөкис: Қарақалпақстан, 1974.
  9. Сағитов И. Саҳра бүлбили. — Нөкис: Қарақалпақстан, 1974.
  10. Сағитов И. Саҳра бүлбүли (Қарақалпақ халқының уллы демократ шыйыры Бердақтың өмири ҳәм творчествосы ҳаққында монография). — Нөкис: Қарақалпақстан, 1974.
  11. Смамутов К. Бердақтың «Хорезм» поэмасы туўралы // Еркин Қарақалпақстан, 24-апрель 2009-жыл, № 24 (18706).
  12. Хошниязов Ж. Бердақтың «Шежире»синдеги бир сюжет туўралы // Әмиўдәрья. 1987. № 6. — Б.85–86.
  13. Шежире. Бердақ. Таңламалы шығармалар жыйнағы. Баспаға таярлағанлар: И.Сағитов. А.Каримов, А.Муртазаев. Арнаўлы редактор: И.Юсупов. — Нөкис: Қарақалпақстан, 1977.
  14. Шежире. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Баспаға таярлағанлар: А.Каримов, Б.Қәлимбетов, А.Муртазаев. Арнаўлы редактор: Ә.Пахратдинов. — Нөкис: Қарақалпақстан, 1987. — Б. 273–307.
Основные термины (генерируются автоматически): ус, III, XVIII-XIX.


Ключевые слова

шығарма, мийнет, қосық, дәстан, дөретпе, мийрас, сөз, шайыр

Похожие статьи

Дәстүрлі өнердегі сиқырлы сазға бай аспап құпиясы

Мақалада жетіген аспабының тарихына, сонымен қатар өзге халықтардың жетіген тектес аспаптарына көз жүгірту арқылы аспабымызды салыстырып, зерттеу. Кәсіби тұрғыда дамыту, жетілдіру туралы сөз болмақ.

Дәурен Қуаттың «Аспан таулар аясында» әңгімесінің көркемдік ерекшелігі

Мақалада жазушы Дәурен Қуат әңгімесінің көркемдік ерекшелігі талданады. Шығармада қазақтың байырғы әдет-ғұрыпын, салт-дәстүрін жаңғырту арқылы жазушы пәлсапалық көркем ой түйеді. Қаһарманын қайсарлыққа, табандылыққа, батырлыққа ел тарихын, жер қадірі...

Бастауыш сынып оқушыларында пайда болатын оқушының жеке басының дамуына психологиялық әсер

Мұғалім балаға әсер еткенде, ол көптеген параметрлерді ескеруі керек: эмоционалды-психологиялық жағдай, мәдени және жас дамуының жалпы деңгейі, қарым-қатынастың қалыптасуы, рухани және интеллектуалдық даму. Нәтижесінде сыртқы көріністер негізінде бал...

Қызанақ жемістерінің өнімділігі мен сапасына өсу реттегішін қолдану әдісі мен түрінің әсері

Қызанақ өсімдігінің өсуі мен қалыптасуын қадағалау — көкөніс дақылдарын өсірудің заманауи технологиясының негізгі көзі болып табылады. А. Борисов және О. Ганичкинның мәліметтері бойынша өсімдіктің қалыптасуы қызанақтың жеміс беруімен қатар, өсуін қад...

Қазақ ҳәм қарақалпақ фольклорында мифологиялық әпсаналар

Қарақалпақ мифологиялық әпсаналары жыйналыўы, изертлениўи жағынан қолға алынбады десек болады. Нәтийжеде миф жанры аз жыйналды және оны өз алдына жанр ретинде сөз етилмеди. Бизге тили жақын түркий халықлардың, сондай ақ дүнья халықлары фольклористика...

Оқыту сапасын арттыруда білімді бақылау мен бағалаудың маңызы

Бұл мақалада оқышылардың білім, білік, дағдыларын бақылау мен бағалаудың маңызы, оның мақсаты мен негізгі қолданылатын әдістері қарастырылған. Ауызша жәннне жазбаша тексеру әдістерінің маңызы, орны мен бөлімдері, жайлы мәселер қарастырылған.

Өнеркәсіптік объектіні салқындатудың автоматтандырылған жүйесі

Мақалада өнеркәсіптік объектінің автоматтандырылған салқындату жүйесі қарастырылған. Өнеркәсіптік салқындату-бұл үлкен көлемдегі (цехтар, ангарлар) өндірістік ғимараттарда ауаны сапалы салқындатуды қамтамасыз ететін заманауи технология. Өнеркәсіптік ...

Қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар

Театр-бул халыққа ибрат болатуғын уллы дәргай. Себеби жәмийетте жүз берип атырған ўақиялардың бәршеси театр өнеринде өз изин қалдырады. Бул мақалада қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар хаққында сөз барады.

Мәтінді оқытудың теориялық және әдістемелік негіздері

Мақалада бастауыш мектепте көркем мәтінді оқытудың бастаулары сөз болады. Өткен ғасырлардағы ағартушы-педагогтардың озық идеялары бүгінгі жаңартылған білім мазмұнында жалғасып жатқанына мән береді.

Заңсыз кірістерді заңдастыруды тергеудің негізгі бағыттары

Бұл мақалада Заңсыз жолмен келген ақшалай қаражаттарды немесе басқа мүлікті заңдастыруды тергеу бойынша жаңа шараларды жетілдіруге және әзірлеуге арналған негізгі бағыттары туралы қарастыралады.

Похожие статьи

Дәстүрлі өнердегі сиқырлы сазға бай аспап құпиясы

Мақалада жетіген аспабының тарихына, сонымен қатар өзге халықтардың жетіген тектес аспаптарына көз жүгірту арқылы аспабымызды салыстырып, зерттеу. Кәсіби тұрғыда дамыту, жетілдіру туралы сөз болмақ.

Дәурен Қуаттың «Аспан таулар аясында» әңгімесінің көркемдік ерекшелігі

Мақалада жазушы Дәурен Қуат әңгімесінің көркемдік ерекшелігі талданады. Шығармада қазақтың байырғы әдет-ғұрыпын, салт-дәстүрін жаңғырту арқылы жазушы пәлсапалық көркем ой түйеді. Қаһарманын қайсарлыққа, табандылыққа, батырлыққа ел тарихын, жер қадірі...

Бастауыш сынып оқушыларында пайда болатын оқушының жеке басының дамуына психологиялық әсер

Мұғалім балаға әсер еткенде, ол көптеген параметрлерді ескеруі керек: эмоционалды-психологиялық жағдай, мәдени және жас дамуының жалпы деңгейі, қарым-қатынастың қалыптасуы, рухани және интеллектуалдық даму. Нәтижесінде сыртқы көріністер негізінде бал...

Қызанақ жемістерінің өнімділігі мен сапасына өсу реттегішін қолдану әдісі мен түрінің әсері

Қызанақ өсімдігінің өсуі мен қалыптасуын қадағалау — көкөніс дақылдарын өсірудің заманауи технологиясының негізгі көзі болып табылады. А. Борисов және О. Ганичкинның мәліметтері бойынша өсімдіктің қалыптасуы қызанақтың жеміс беруімен қатар, өсуін қад...

Қазақ ҳәм қарақалпақ фольклорында мифологиялық әпсаналар

Қарақалпақ мифологиялық әпсаналары жыйналыўы, изертлениўи жағынан қолға алынбады десек болады. Нәтийжеде миф жанры аз жыйналды және оны өз алдына жанр ретинде сөз етилмеди. Бизге тили жақын түркий халықлардың, сондай ақ дүнья халықлары фольклористика...

Оқыту сапасын арттыруда білімді бақылау мен бағалаудың маңызы

Бұл мақалада оқышылардың білім, білік, дағдыларын бақылау мен бағалаудың маңызы, оның мақсаты мен негізгі қолданылатын әдістері қарастырылған. Ауызша жәннне жазбаша тексеру әдістерінің маңызы, орны мен бөлімдері, жайлы мәселер қарастырылған.

Өнеркәсіптік объектіні салқындатудың автоматтандырылған жүйесі

Мақалада өнеркәсіптік объектінің автоматтандырылған салқындату жүйесі қарастырылған. Өнеркәсіптік салқындату-бұл үлкен көлемдегі (цехтар, ангарлар) өндірістік ғимараттарда ауаны сапалы салқындатуды қамтамасыз ететін заманауи технология. Өнеркәсіптік ...

Қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар

Театр-бул халыққа ибрат болатуғын уллы дәргай. Себеби жәмийетте жүз берип атырған ўақиялардың бәршеси театр өнеринде өз изин қалдырады. Бул мақалада қарақалпақ театр өнериниң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына тийкар салыўшылар хаққында сөз барады.

Мәтінді оқытудың теориялық және әдістемелік негіздері

Мақалада бастауыш мектепте көркем мәтінді оқытудың бастаулары сөз болады. Өткен ғасырлардағы ағартушы-педагогтардың озық идеялары бүгінгі жаңартылған білім мазмұнында жалғасып жатқанына мән береді.

Заңсыз кірістерді заңдастыруды тергеудің негізгі бағыттары

Бұл мақалада Заңсыз жолмен келген ақшалай қаражаттарды немесе басқа мүлікті заңдастыруды тергеу бойынша жаңа шараларды жетілдіруге және әзірлеуге арналған негізгі бағыттары туралы қарастыралады.

Задать вопрос