Ҳаял-қызлардың батыр болып қәлиплесиўинде тарийхый дереклер | Статья в журнале «Молодой ученый»

Отправьте статью сегодня! Журнал выйдет 14 декабря, печатный экземпляр отправим 18 декабря.

Опубликовать статью в журнале

Автор:

Рубрика: Молодой ученый O'zbekiston

Опубликовано в Молодой учёный №19 (414) май 2022 г.

Дата публикации: 14.05.2022

Статья просмотрена: 10 раз

Библиографическое описание:

Рзаева, М. А. Ҳаял-қызлардың батыр болып қәлиплесиўинде тарийхый дереклер / М. А. Рзаева. — Текст : непосредственный // Молодой ученый. — 2022. — № 19 (414). — С. 556-558. — URL: https://moluch.ru/archive/414/91509/ (дата обращения: 04.12.2024).

Қарақалпақлар ҳаққында алып барылған тарийхый, архелогиялық, этнографиялық, фольклорлық изерлеўлердиң нәтийжелери сәўлеленген илимий мийнетлерде қарақалпақ халқының этногенезин қураған әййемги қәўимлерде белгили бир тарийхый басқышта ҳүкимлик еткен матриархал қатнасықлар ҳаққында айрықша сөз етиледи.

Автор матриархал дүзимниң фольклорлық шығармаларда сақланыўы әсиресе қарақалпақ фольклорында айрықша көринетуғынлығын көплеген эпикалық фактлер менен мысал ушын «Ҳаяллар патшалығы ҳақкында әпсана»сы арқалы тастыйықланған.

Таяныш сөзлер: археология, этнография, фольклор, әпсана, матриархал, қаҳарман.

Результаты историко-археологических, этнографических, фольклорных исследований каракалпаков нашли отражение в научных трудах о матриархальных отношениях в этногенезе каракалпакского народа на определенном историческом этапе.

Автор многими эпическими фактами доказывает, что сохранение этого матриархального строя в фольклорных произведениях особенно ярко проявляется в каракалпакском фольклоре на папример в легендах «Легенда о женском ханстве» («Ҳаяллар патшалығы ҳақкында әпсана»).

Ключевые слова: археология, этнография, фольклор, легенда, матриархат, герой.

Қарақалпақлар ҳаққында алып барылған тарийхый, архелогиялық, этнографиялық, фольклорлық изерлеўлердиң нәтийжелери сәўлеленген илимий мийнетлерде қарақалпақ халқының этногенезин қураған әййемги қәўимлерде белгили бир тарийхый басқышта ҳүкимлик еткен матриархал қатнасықлар ҳаққында айрықша сөз етиледи. Усы матриархал дүзимниң фольклорлық шығармаларда сақланыўы әсиресе қарақалпақ фольклорында айрықша көринетуғынлығын көплеген эпикалық фактлер менен тастыйықланған [6, с. 166]. Қарақалпақ фольклорындағы «Ҳаяллар патшалығы ҳақкында әпсана», «Гүлайым ҳаққында әпсана», «Жупар қорығы», «Назлымхан сулыў ҳәм Султан Сүйин» әпсаналары усындай эпикалық фактлердиң тийкарғыларынан есапланады.

« Ҳаяллар патшалығы ҳаққында әпсана»Н.Каразин тәрепинен 1875-жылы Шымбай қаласында 83 жастағы кемпирден жазып алынған [3].

Әпсананың қысқаша мазмуны төмендегише: Жер, аспан, адамлар да басқаша болған баяғы дәўирлерде дүньяда үлкен Самирам атлы патшалық болған екен. Бул патшалықты Занай исимли ҳаял патша басқарып, оның ўәзирирлери, дийўанбегиси де, ләшкерлери де ҳаяллардан ибарат болған. Бул патшалықта ҳәмме бас ўазыйпаларды ҳаяллар атқарып, еркеклер үй жумыслары менен шуғылланған. Жаңа туўылған қыз балалар өз алдына тәрбияланып, ер балалардың тек жүзден бири хызметкер сыпатында алып қалынып, басқа балалар қасқыр, жолбарысларға жем қылынады екен. Олардың арасында тири қалдырылатуғынын таңлаў ўазыйпасы бир соқыр кемпирге жүклетилген екен.

Күнлерден бир күни Занай патша да жүкли болып, оның босанатуғын ай-күни жақынласады. Сонда баяғы көзи ашық кемпир еңиренип жылапты. Себебин сораса, ол Занайдың ул бала дүньяға келтириўин ҳәм сол баланың ҳаяллар патшалығын қуртатуғынлығын айтыпты. Ҳаяллар жыйналысып, бала дүньяға келгеннен кейин оны да жыртқыш ҳайўанларға жем қылыўды уйғарыпты ҳәм еки ҳаялды оған қараўыл етип қойыпты. Аналық сезими үстем келип, туўылған баласын қалай болмасын сақлап қалыўды мақсет еткен Занай патша сол қараўыл ҳаялларды сатып алыў ушын оларға көп дүнья, жақсы жигитлер ўәде етипти. Қараўыл ҳаяллар ашкөзлиги басым келип, ақыры көнипти ҳәм Занайдың туўған улын басқа бир қыз нәресте менен алмастырып қойыпты. Солай етип, Занайдың Искендер деп ат берилген баласы басқа ҳаялдың қолында өсе берипти. Арадан жыллар өтип Искендер басқа ер адамларды изине ерте алатуғындай жигит болып камалға келеди. Сол ўақыттан баслап, ер адамлардың ҳаялларға болған наразылығы күшейе баслап, буның ақыбети көтерилиске алып келеди. Занай барлық ләшкерлерин топлап, көтерилисти бастырады. Искендер ҳаяллар кеңеси тәрепинен өлимге буйырылады. Оны өлтириў Занайдың мойнына жүкленеди. Занай ҳаяллардың алдында Искедердиң өз баласы екенлигин, соқыр кемпирдиң ҳақ екенлигин, өзиниң ҳаяллар патшалығының сап болыўына себепши болғанлығын айтып, жанына қаслық етеди. Бул хабардан ҳүррейи ушқан ҳаяллар үйлерине барып жасырынады, биразы бул патшалықты тәрк етеди. Елде еркеклердиң ҳүкимдарлығы орнап, басқа заман басланады.

Әпсана қарақалпақ халық әпсаналары комплексинде қарақалпақлардың этногенезиндеги ең әййемги дәўирлер менен байланыслы әпсаналар қатарына киреди. «Ҳаяллар патшалығы ҳаққында әпсана» оның генезиси ҳәм тарийхый төркинлери ҳаққында бир қанша илимий қараслар қарақалпақ тарийхый фольклоры бойынша кең түрде илимий изертлеўлер алып барған алым Л. С. Толстованың мийнетлетлериниң биринде келтирилип өтиледи [6, с. 112–114].

Бизге белгили, көплеген тарийхый-археологиялық изертлеўлердиң жуўмағы б. э.ш II-I мың жыллықларда Хорезм оазиси ҳәм Алдыңғы Азия арасында тығыз мәдений қатнасықлардың болғанлығын ҳәм бул қатнасықлардың Хорезмди жайлаған халықлардың материаллық ҳәм рухый мәдениятында өз излерин қалдырғанын белгилеп өтеди [7]. Усы мағлыўматлар тийкарында Хорезм оазиси ҳәм оған шегаралас Қубла Арал аймағына соңғы дәўирлерде қарақалпақлар қурамына кирген этник компонентлер локализацияласқан. Келип шығыўы бойынша ҳәр қыйлы болған бундай этник группалар қатарында қарақалпақлардың узақ даўам еткен этногенезинде қатнасқан келип шығыўы бойынша Иранның қубла-батыс районларынан ҳәм алдыңғы Азиядан болған әййемги этник группалар да болған [6, с. 166]. «Ҳаяллар патшалығы ҳаққындағы әпсана» усы, яғный әййемги Алдыңғы Азия ҳәм Арал бойы халықларының қатнасықларының фольклордағы көриниси есапланады.

Л. С. Толстова әпсананың сюжетлик линиясының, қаҳарман исимлериниң уқсаслығы тийкарында оның төркинлерин тарийхшы Ктесий тәрепинен баян етилген б. э.ш. IX әсирде патшалық еткен әййемги Ассирия патшасы Шамммурамат ҳаққындағы әпсаналар менен байланыстырады. Алымның пикири бойынша бул әпсана шығыста кең таралып, түрли әсирлерде жасаған көплеген халықлардың фольклорында өз версияларын пайда еткен ҳәм ҳәр қыйлы көзқараслардан трансформацияласқан [6, с. 167]. Әпсананың сюжетлик линиялары бойынша қарақалпақ версиясына жақын келетуғыны оның ерте орта әсир тарийхшысы Моисей Хоренский тәрепинен келтирилип өтилген Армян версиясы есапланады [2, с. 51–56]. Әпсананың қарақалпақ, армян версиясында да жаңа туўылған ер балаларды өлимге буйырыў, патша ҳаялдың ер адам (өз баласы) себепли қаза болыў мотивлери әпсананың тийкарғы сюжет қәлиплестириўши мотивлери есапланады. Олардың арасындағы парық армян версиясында Шамирамның өлимине баласы Замасис себепши болады бирақ, бул ҳәдийсе патшалықтағы бурылыс көлеминде қаралмайды. Ал оның қарақалпақ версиясында тийкарғы коллизия патшалықта ҳүкимдарлық етип атырған ҳаяллар менен оған оппазиция болған ер адамлар арасында келип шығады. Әпсананың армян версиясында қойылған мақсет — патша ҳаялдың трагедиялық өмирин сәўлелендириў болса, оның қарақалпақ версиясының мақсети — ҳаяллар патшалығының қыйралыў себеплерин баян етиўден ибарат.

Әпсананың қарақалпақ версиясында матриархарлық қатнасықлардың ыдыраўы ҳәм оның орнына патриархал қатнасықлардың орнаўы халық, яғный, оның фольклорлық традициясы қарасынан бир патшалықтың (ҳаяллар патшалығының) қулаўы ҳәм оның орнына басқа, алдыңғы патшалықтан пүткиллей парық қылыўшы екинши бир патшалықтың (ер адамлар басқаратуғын) орнаў себеплери өз көринисин тапқан.

Әпсанада ҳаяллар ҳүкимдарлық еткен Самирамда ҳаяллар патшалығының қыйралып, ерлер ҳүкимдарлығының орнатылыўына Занай патшаның баласы Искендер себепши болады. Әпсанада тарийхый Александр Македонскийдиң нәзерде тутылып отырғанына гүман жоқ. Амазонкаларды Александр Македонский менен байланыстыратуғын мотив антик авторлар — Диодор [1, с. 108], Плутарх, Флавий Арриан, Псевдо Каллисфен [4, с. 38], сондай ақ шығыста кең таралған фольклорлық [5] ҳәм әдебий традициялар — Низами Ганжавийдиң «Искедернама», Фирдаўсийдиң «Шахнама» дәстанлары арқалы белгили. М. О. Косвен «Ҳаяллар патшалығы ҳаққында әпсана»дағы Искендерге байланыслы мотивти Александрдың амазонкаларға байланысы ҳаққындағы мотивтиң өзине тән вариацияларының бири сыпатында қарайды.

Л. С. Толстова Қубла Арал халықларының тарийхый фольклорына арналған кең қамраўлы мийнетинде көплеген тарийхый, археологиялық ҳәм антропологиялық дәреклер тийкарында қарақалпақ миллетиниң тийкарғы компонентлериниң бири болған мүйтен урыўының генезисин әййемги алдыңғы Азия, Иран менен байланыстырады ҳәм буған қарақалпақ тарийхый фольклоры традициясына дәрек болған көплеген объектив дәлиллерди келтиреди. Усыған қосымша, соны айтып өтиў керек қарақалпақ фольклорлық традициясындағы матриархал қатнасықлар ҳәм амазонкалыққа тийисли мотивлердиң көбинесе белгили дәрежеде мүйтен урыўы менен байланысын көремиз. Бизиң пикиримизше, өзинде матриархаллық қатнасықлар дәўириниң излерин сақлаған «Ҳаяллар патшалығы ҳаққында әпсана» дөретпеси мүйтенлердиң ең әййемги алдыңғы Азия менен байланыслы болған тарийхый өтмишиниң белгили бир бөлегин өзинде сәўлелендирген.

Әдебият:

  1. Диодор. Библиотека V. Л., 1972. 108 с.
  2. История Армении Моисея Хоренского //Пер. с арм. Н.Эмин. М., 1858.
  3. Каразин Н. Сказка о женском ханстве // Древняя и новая Россия. СПб, 1875. № 11. С. 290–294.
  4. Косвен М. О. Амазонки. История легенды // Советская этнография. М., 1947. № 2. — С. 38.
  5. Книга тысяча и одной ночи. //Перовод и коментарии М. А. Салье, под. ред. акад. И. Ю. Крачковского. т. 5. 1933. ночи. — с. 588–590.
  6. Толстова Л. С. Исторические предания Южного Приаралья. М., 1981.
  7. Толстов С. П. Древний Хорезм. М.: Изд-во МГУ, 1848. — с. 197–198; Толстов С. П. По следам древнехорезмийской цивилизации. М.: АН СССР, 1948. — с. 81–82; Кой кырылган кала — памятник культуры древнего Хорезма IV в. до. н. э. и IV в. н. э. — ТХЭ, 1967. т. V. — с. 110–112, 263.
Основные термины (генерируются автоматически): Азия, II-I, древний Хорезм, женское ханство, Хорезм.

Ключевые слова

фольклор, археология, этнография, әпсана, матриархал, қаҳарман

Похожие статьи

М. Нызанов «Еки дүньяныӊ әўереси» комедиясында конфликт ҳәм характер

Мақала сатирик жазыўшы, драматург М. Нызановтыӊ «Еки дүньяныӊ әўереси» комедиясына арналған. Бунда автордыӊ 90-жыллары қарақалпақ әдебиятында сатирик жазыўшы сыпатында танылыўы, 2000 жыллардан соӊғы дәўирде белгили ҳәм салмақлы көркем проза дөретиўши...

Лирикaлық шығармаларды oқытудың дидaктикaлық мәселесі

Лирикалық шығарма дегеніміздің өзі ақынның әр түрлі табиғат, қоғам көріністерін сезіне отырып әлеуметтік тақырыптарды қозғауы. Әр түрлі мәселелерге көзқарасы, күйініш, сүйініш сезімі. Оны оқырманның ішкі сезімімен үйлестіре алу, санасына бекіту дидак...

Оптикалық дисграфиясы бар 2 сынып оқушыларының жазбаша сөйлеу тілін зерттеу ерекшеліктері

Мақалада жазбаша сөйлеу тілінің бұзылысының түрі — оптикалық дисграфия туралы жазылған. Жалпы дисграфия дегеніміз — жазудың жартылай бұзылуы болып табылады. Сонымен қатар, жазбаша сөйлеу тілінің тарихына шолу жасалған. Оны жан-жақты зерттеген және жа...

Фахриддин Разидің иман түсінігі

Зерттеу жұмысында Ислам әлемінде алғашқы дәуірлерден бастап пайда бола бастаған сенімдік тақырыптар жәнеде ақидалық мазхабтар жайлы сөз қозғалады. Сан ғасырлардан бері мазхабтар арасында пайда болған әр-түрлі ақида тақырыптарындағы мәселелер болды. Б...

Қарақалпақ халық дәстанларында перзентсизлик мотиви ҳәм гейпара параллеллер

Мақалада қарақалпақ халық дәстанларында перзентсизлик мотиви ҳәм гейпара параллеллер сөз етилип, терең анализге тартылған. Қарақалпақ халық аўызеки дөретпелеринде әййемги дәўирлерден тартып бүгинги күнге шекемги ўақыя-ҳәдийселер өз сәўлелениўин тапқа...

Бағдарламалау мамандығының XXI-ғасырда дамуы

Мақалада бағдарламалау мамандығының қазіргі уақытта дамуы, қолданылуы туралы жазылған. Бұл мамандық соңғы уақыттарда сұранысқа ие мамандықтардың біріне жатады. Бағдарламалау мамандығын басқа мамандықтардан ерекшелігі сіз қашықтан жұмыс істей аласыз, ...

Менеджменттің даму тарихы және оның қоғамдағы рөлі

Мақалада басқару ғылымының пәні мен әдісі, даму тарихы, сәйкес жүйенің реттілігі туралы айқын жазылған. Автор менеджменттің әдістерін, функцияларын, механизмін рационалды пайдалануды, нарықтық жағдайларда қойылған мақсаттарға қол жеткізуге бағытталға...

Математика сабағында электрондық оқыту құралдарын қолдану

Ақпараттық — коммуникациялық технологияларын білім беру үдерісінде қолдану — оқушылардың оқу тиімділігін және сапасын арттыруға бағытталған. Математика сабағында АКТ қолдану оқыту сапасын бақылаудың және диагностикасының жаңа деңгейіне көшуге мүмкінд...

Екі тілді ортадағы бастауыш мектеп жасындағы оқушылардың танымдық даму ерекшелігі

Мақалада екі тілді ортадағы бастауыш сынып оқушыларының ақыл-ой дамуы, баланың интеллектуалды дамуының әдіс- тәсілдері қарастырылған. Екі тілді ортада баланы интеллектуалдық дамыту кешені дидактикалық ойындар негізінде құрылады. Әр дидактикалық ойынн...

Мұнай өндіретін кәсіпорынның жұмысы кезіндегі атмосфераға ластаушы заттардың шығарындысынан экологиялық тәуекелді бағалау

Мақалада экологиялық тәуекелді есептеу әдістемесі қарастырылған, сондай-ақ экологиялық ластаушы заттардан болатын экологиялық тәуекелді ескере отырып есептеу әдістемесі келтірілген. Толық экологиялық залалдың құрылымы көрсетілген. Қоршаған табиғи орт...

Задать вопрос